1 Kings 16:7 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Жаратқан Ийениң Баашаға ҳәм оның урпағына қарсы ҳүкими Хананий улы пайғамбар Еҳу арқалы айтылған еди. Өйткени Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи, Яробамның хожалығына еликлеп ғана қоймай, өз гүналары менен Оның ғәзебин оятты ҳәм Яробамның пүткил әўладларын қырып таслады.
Институт перевода Библии, 2022
Jaratqan Iyeniń Baashaǵa hám onıń urpaǵına qarsı húkimi Xananiy ulı payǵambar Ehu arqalı aytılǵan edi. Óytkeni Baasha Jaratqan Iyeniń názerinde jawız bolǵan islerdi isledi, Yarobamnıń xojalıǵına eliklep ǵana qoymay, óz gúnaları menen Onıń ǵázebin oyattı hám Yarobamnıń pútkil áwladların qırıp tasladı.