1 Kings 2:8 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Бенямин урыўынан болған бахуримли Гераның улы Шимей де сениң жаныңда. Ол Маханайымға қарай қашып баратырғанымда, мени қатты ғарғаған еди. Бирақ соңынан ол мени күтип алыў ушын Иордан дәрьясының бойына келди. Сонда мен оған: «Сени қылыш пенен өлтирмеймен», – деп Жаратқан Ийе ҳақы ант ишкен едим.
Институт перевода Библии, 2022
Benyamin urıwınan bolǵan baxurimli Geranıń ulı Shimey de seniń janıńda. Ol Maxanayımǵa qaray qashıp baratırǵanımda, meni qattı ǵarǵaǵan edi. Biraq sońınan ol meni kútip alıw ushın Iordan dáryasınıń boyına keldi. Sonda men oǵan: «Seni qılısh penen óltirmeymen», – dep Jaratqan Iye haqı ant ishken edim.