1 Kings 5:3 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
«Өзиңиз билесиз, әкем Даўыт әтирапындағы душпанлары менен саўаш жүргизгенликтен, Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қура алмады. Жаратқан Ийе саўашларда душпанларын оның аяғының астына таслағанға шекем, ол бул исти қыла алмады.
Институт перевода Библии, 2022
«Ózińiz bilesiz, ákem Dawıt átirapındaǵı dushpanları menen sawash júrgizgenlikten, Qudayı Jaratqan Iyeniń atına arnap Úy qura almadı. Jaratqan Iye sawashlarda dushpanların onıń ayaǵınıń astına taslaǵanǵa shekem, ol bul isti qıla almadı.