1 Kings 8:25 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: «Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң алдымда өз жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди», – деген едиң.
Институт перевода Библии, 2022
Jaratqan Iye, Izraildıń Qudayı! Endi ákem Dawıtqa bergen mına sózińniń de orınlanıwın qáleymen. Sen oǵan: «Eger urpaqlarıń da saǵan uqsap, Meniń aldımda óz jollarınan adaspay júrse, seniń urpaǵıńnan Izrail taxtında otıratuǵın er adamnıń izi úzilmeydi», – degen ediń.