1 Peter 1:7 — Compare Translations
3 translations compared side by side
Karakalpak 2022
бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ҳәтте, жоқ болып кететуғын алтын да отта тапланып, сыналады. Ал сизлердиң исенимиңиз алтыннан қымбатлырақ. Сыналған исенимиңиз, Ийса Масийх келгенде сизлерди мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар қылады.
Библия аўдарыў институты, 2004
бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Өйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан өтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар боласызлар.
Институт перевода Библии, 2022
bul isenimińizdiń taza bolıwı ushın paydalı. Hátte, joq bolıp ketetuǵın altın da otta taplanıp, sınaladı. Al sizlerdiń isenimińiz altınnan qımbatlıraq. Sınalǵan isenimińiz, Iysa Masiyx kelgende sizlerdi maqtaw, dańq hám húrmetke sazıwar qıladı.