1 Samuel 4:13 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Сол адам жетип келгенде, Қудайдың сандығын ойлап, жүреги езилген Элий жол шетиндеги отырғышта жолға қарап отырған еди. Адам қалаға кирип, болған ўақыяны айтып бергенде, қаладағылардың ҳәммеси дад салып бақырысты.
Институт перевода Библии, 2022
Sol adam jetip kelgende, Qudaydıń sandıǵın oylap, júregi ezilgen Eliy jol shetindegi otırǵıshta jolǵa qarap otırǵan edi. Adam qalaǵa kirip, bolǵan waqıyanı aytıp bergende, qaladaǵılardıń hámmesi dad salıp baqırıstı.