1 Samuel 6:14 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Арба бейт-шемешли Ешуаның атызына кирип, сол жердеги үлкен бир тастың жанында тоқтады. Лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын ҳәм алтын затлар салынған қутыны арбадан түсирип, үлкен тастың үстине қойды. Бейт-шемешлилер арбаның ағашларын отын етип жарды да, қашарларды Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Сол күни бейт-шемешлилер Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берип, басқа қурбанлықлар да шалды.
Институт перевода Библии, 2022
Arba beyt-shemeshli Eshuanıń atızına kirip, sol jerdegi úlken bir tastıń janında toqtadı. Lebiyliler Jaratqan Iyeniń sandıǵın hám altın zatlar salınǵan qutını arbadan túsirip, úlken tastıń ústine qoydı. Beyt-shemeshliler arbanıń aǵashların otın etip jardı da, qasharlardı Jaratqan Iyege arnap jandırılatuǵın qurbanlıq etip berdi. Sol kúni beyt-shemeshliler Jaratqan Iyege arnap jandırılatuǵın qurbanlıqlar berip, basqa qurbanlıqlar da shaldı.