2 Chronicles 12:13 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Патша Рехабам Ерусалимде патшалығын беккемлеп, ҳүкимдарлық қыла берди. Ол тахтта отырғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық қылды. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
Институт перевода Библии, 2022
Patsha Rexabam Erusalimde patshalıǵın bekkemlep, húkimdarlıq qıla berdi. Ol taxtta otırǵanda qırıq bir jasta edi. Rexabam Jaratqan Iye Óz atın ornatıw ushın Izraildıń pútkil urıwları arasınan tańlap alǵan qalası Erusalimde on jeti jıl patshalıq qıldı. Onıń anası ammon xalqınan bolıp, atı Naama edi.