2 Chronicles 18:2 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Арадан бир неше жыл өткеннен соң, Еҳошафат Ахабты көриў ушын Самарияға барды. Ахаб Еҳошафаттың ҳәм оның менен барғанлардың ҳүрметине көплеген майда ҳәм ири малларды сойды ҳәм Гиладтағы Рамот қаласына ҳүжим қылыўға көндирмекши болды.
Институт перевода Библии, 2022
Aradan bir neshe jıl ótkennen soń, Ehoshafat Axabtı kóriw ushın Samariyaǵa bardı. Axab Ehoshafattıń hám onıń menen barǵanlardıń húrmetine kóplegen mayda hám iri mallardı soydı hám Giladtaǵı Ramot qalasına hújim qılıwǵa kóndirmekshi boldı.