2 Chronicles 20:21 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Еҳошафат халық пенен кеңесип болғаннан кейин, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтатуғын ҳәм Оның мухаддес сән-саўлатын тәрийиплейтуғын қосықшыларды тайынлады. Олар әскерлердиң алдында жүрип: «Жаратқан Ийени тәрийиплең, Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп қосық айтыўы керек еди.
Институт перевода Библии, 2022
Ehoshafat xalıq penen keńesip bolǵannan keyin, Jaratqan Iyege arnap qosıq aytatuǵın hám Onıń muxaddes sán-sawlatın táriyipleytuǵın qosıqshılardı tayınladı. Olar áskerlerdiń aldında júrip: «Jaratqan Iyeni táriyipleń, Onıń sadıqlıǵı máńgi dawam etedi», – dep qosıq aytıwı kerek edi.