2 Corinthians 1:13 — Compare Translations

3 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийсаның күнинде бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
Библия аўдарыў институты, 2004
Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
Институт перевода Библии, 2022
Bizler sizlerge oqıp túsine alatuǵın nárselerdi ǵana jazıp atırmız. Házir bizlerdi tolıq túsinbeseńiz de, waqtı kelgende tolıq túsinetuǵınıńızdan úmit etemen. Solay etip, Iyemiz Iysanıń kúninde bizlerdiń maqtanıshımız sizler bolatuǵınıńız sıyaqlı, sizlerdiń maqtanıshıńız da bizler bolamız.