2 Samuel 14:7 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Енди пүткил тийре шорыңыз болған маған қарсы шығып: «Туўысқанын өлтирген адамды бизлердиң қолымызға бер. Туўысқанын өлтиргени ушын оны өлтирип, усылайынша мийрасхорды да жоқ қыламыз», – деп атыр. Солай етип, жер бетинде күйеўимниң атын ҳәм урпағын даўам еттиретуғын туяқ қалдырмаў ушын, олар мениң ошағымдағы қалған шоқты да өширежақ.
Институт перевода Библии, 2022
Endi pútkil tiyre shorıńız bolǵan maǵan qarsı shıǵıp: «Tuwısqanın óltirgen adamdı bizlerdiń qolımızǵa ber. Tuwısqanın óltirgeni ushın onı óltirip, usılayınsha miyrasxordı da joq qılamız», – dep atır. Solay etip, jer betinde kúyewimniń atın hám urpaǵın dawam ettiretuǵın tuyaq qaldırmaw ushın, olar meniń oshaǵımdaǵı qalǵan shoqtı da óshirejaq.