Acts 16:18 — Compare Translations
3 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павел бийзар болып кетип, арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масийхтың аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
Библия аўдарыў институты, 2004
Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
Институт перевода Библии, 2022
Bul kóp kún tákirarlandı. Aqırında Pavel biyzar bolıp ketip, arqasına burıldı da, qızdıń ishindegi jawız ruwxqa: – Iysa Masiyxtıń atı menen buyıraman: onnan shıǵıp ket! – dedi. Jawız ruwx qızdıń ishinen dárhal shıǵıp ketti.