Esther 2:3 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Буның ушын патшаның қолы астындағы барлық ўәлаятларда бақлаўшылар тайынлансын. Олар жас, сулыў ҳәм пәк қызларды Суза қаласындағы ҳаял-қызлар сарайына жыйнатып, патшаның ҳаялларына қарайтуғын ақтасы Ҳегайдың қараўына тапсырсын ҳәм оларға ийисли затлар менен пардоз берилсин.
Институт перевода Библии, 2022
Bunıń ushın patshanıń qolı astındaǵı barlıq wálayatlarda baqlawshılar tayınlansın. Olar jas, sulıw hám pák qızlardı Suza qalasındaǵı hayal-qızlar sarayına jıynatıp, patshanıń hayallarına qaraytuǵın aqtası Hegaydıń qarawına tapsırsın hám olarǵa iyisli zatlar menen pardoz berilsin.