Ezekiel 14:22 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Деген менен айырым адамлар аман қалады. Аман қалған еркек ҳәм ҳаяллар ол жерден шығып, Бабилонияға, алдыңызға келеди. Сизлер олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көргениңизде, Мен Ерусалимге неге усындай апатларды жибергенимди түсинип, олардың басына салған ҳәмме нәрседен тәселле табасыз.
Институт перевода Библии, 2022
Degen menen ayırım adamlar aman qaladı. Aman qalǵan erkek hám hayallar ol jerden shıǵıp, Babiloniyaǵa, aldıńızǵa keledi. Sizler olardıń júris-turısın hám islerin kórgenińizde, Men Erusalimge nege usınday apatlardı jibergenimdi túsinip, olardıń basına salǵan hámme nárseden táselle tabasız.