Ezekiel 38:8 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Көп ўақыттан кейин, сен атланысқа шақырыласаң. Соңғы жылларда сен урыстан өзин тиклеп алған бир жерге ҳүжим қыласаң. Бул жердиң халқы көп миллетлерден шығып, узақ ўақыттан бери адамсыз қалған Израил таўларына жыйналған. Оның турғынлары миллетлер арасынан алып келинип, ҳәзир қәўипсиз жасап атыр.
Институт перевода Библии, 2022
Kóp waqıttan keyin, sen atlanısqa shaqırılasań. Sońǵı jıllarda sen urıstan ózin tiklep alǵan bir jerge hújim qılasań. Bul jerdiń xalqı kóp milletlerden shıǵıp, uzaq waqıttan beri adamsız qalǵan Izrail tawlarına jıynalǵan. Onıń turǵınları milletler arasınan alıp kelinip, házir qáwipsiz jasap atır.