Ezekiel 46:2 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Ҳүкимдар дәрўаза имаратының айўаны арқалы дәрўазаның ишинен өтип, дәрўазаның жақлаўларының жанында турсын. Руўханий оның жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынып атырғанда, ҳүкимдар айўан босағасында турып сыйынсын. Кейин келген жолы менен шығып кетсин. Бирақ дәрўаза кешке шекем ашық турсын.
Институт перевода Библии, 2022
Húkimdar dárwaza imaratınıń aywanı arqalı dárwazanıń ishinen ótip, dárwazanıń jaqlawlarınıń janında tursın. Ruwxaniy onıń jandırılatuǵın hám tatıwlıq qurbanlıqların usınıp atırǵanda, húkimdar aywan bosaǵasında turıp sıyınsın. Keyin kelgen jolı menen shıǵıp ketsin. Biraq dárwaza keshke shekem ashıq tursın.