Ezra 8:35 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Тутқыннан келгенлер, яғный сүргиннен қайтып келгенлер Израилдың Қудайына арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Олар пүткил израиллылар ушын он еки буға, тоқсан алты қошқар, жетпис жети тоқлы шалды. Ал гүна қурбанлығы ушын он еки текени қурбанлыққа шалды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге усынылған жандырылатуғын қурбанлықлар еди.
Институт перевода Библии, 2022
Tutqınnan kelgenler, yaǵnıy súrginnen qaytıp kelgenler Izraildıń Qudayına arnap, jandırılatuǵın qurbanlıqlar berdi. Olar pútkil izraillılar ushın on eki buǵa, toqsan altı qoshqar, jetpis jeti toqlı shaldı. Al gúna qurbanlıǵı ushın on eki tekeni qurbanlıqqa shaldı. Bulardıń hámmesi Jaratqan Iyege usınılǵan jandırılatuǵın qurbanlıqlar edi.