Hebrews 9:4 — Compare Translations
3 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Бул бөлмеде алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди.
Библия аўдарыў институты, 2004
Бул бөлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди.
Институт перевода Библии, 2022
Bul bólmede altınnan islengen tútetki tútetiletuǵın orın hám hámme jeri altın menen qaplanǵan Kelisim sandıǵı bar edi. Sandıqtıń ishinde manna salınǵan altın gúze, Xaronnıń bórtken hasası hám on buyrıq oyıp jazılǵan taslar bar edi.