Joshua 8:33 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Ал пүткил израиллылар болса, ақсақаллар, қадағалаўшылар, қазылар ҳәм келгинди адамлар менен бирге Жаратқан Ийениң Келисим сандығының еки тәрепинде сандықты көтерген лебийли руўханийлерге қарама-қарсы болып дизилди. Халықтың биринши ярымы Гериззим таўы тәрепинде, екинши ярымы Эбал таўы тәрепинде турған еди. Өйткени Жаратқан Ийениң қулы Муўса жарылқаў алыў ушын усы тәризде турыўды алдын буйырған еди.
Институт перевода Библии, 2022
Al pútkil izraillılar bolsa, aqsaqallar, qadaǵalawshılar, qazılar hám kelgindi adamlar menen birge Jaratqan Iyeniń Kelisim sandıǵınıń eki tárepinde sandıqtı kótergen lebiyli ruwxaniylerge qarama-qarsı bolıp dizildi. Xalıqtıń birinshi yarımı Gerizzim tawı tárepinde, ekinshi yarımı Ebal tawı tárepinde turǵan edi. Óytkeni Jaratqan Iyeniń qulı Muwsa jarılqaw alıw ushın usı tárizde turıwdı aldın buyırǵan edi.