Judges 3:19 — Compare Translations

2 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Ал өзи болса, Гилгалдың қасындағы тас бутлардың жанынан кейнине қайтып келди де, патшаға: – Тақсыр, мениң сизге айтатуғын бир сырым бар, – деди. Патша оған: – Үндеме, – деди де, қасындағы адамлардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди.
Институт перевода Библии, 2022
Al ózi bolsa, Gilgaldıń qasındaǵı tas butlardıń janınan keynine qaytıp keldi de, patshaǵa: – Taqsır, meniń sizge aytatuǵın bir sırım bar, – dedi. Patsha oǵan: – Úndeme, – dedi de, qasındaǵı adamlardıń hámmesin sırtqa shıǵarıp jiberdi.