Mark 12:1 — Compare Translations

3 translations compared side by side

Karakalpak 2022
Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм шарап искенжесин қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты.
Библия аўдарыў институты, 2004
Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты.
Институт перевода Библии, 2022
Iysa olarǵa tımsallar menen sóyley basladı: – Bir adam júzim baǵın otırǵızıp, onı diywal menen qorshaptı hám sharap iskenjesin qazıp, gúzet minarasın ornatıptı. Sońınan baǵın diyxanlarǵa ijaraǵa berip, ózi uzaq jerge ketip qalıptı.