Nehemiah 6:1 — Compare Translations
2 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Дийўалларды қурып, бузылған жерлериниң бирде биреўин қалдырмай, толық оңлап болғаным Санбаллат, Тобия, араб халқынан болған Гешем ҳәм басқа душпанларымның қулағына жетип барды. Бирақ ол ўақытта, мен еле дәрўазалардың қапыларын орнатып болмаған едим.
Институт перевода Библии, 2022
Diywallardı qurıp, buzılǵan jerleriniń birde birewin qaldırmay, tolıq ońlap bolǵanım Sanballat, Tobiya, arab xalqınan bolǵan Geshem hám basqa dushpanlarımnıń qulaǵına jetip bardı. Biraq ol waqıtta, men ele dárwazalardıń qapıların ornatıp bolmaǵan edim.