Revelation 13:14 — Compare Translations
3 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Ол биринши жыртқыш ҳайўанның атынан өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлары арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның мүсинин соғыўды буйырды.
Библия аўдарыў институты, 2004
Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлар арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды.
Институт перевода Библии, 2022
Ol birinshi jırtqısh haywannıń atınan ózine islewge ruxsat etilgen káramatları arqalı jer júzinde jasaytuǵınlardı joldan azǵırdı. Ol adamlarǵa qılıshtan jaralanǵan, biraq tiri qalǵan birinshi jırtqısh haywannıń húrmetine onıń músinin soǵıwdı buyırdı.