Revelation 8:5 — Compare Translations
3 translations compared side by side
Karakalpak 2022
Периште түтетки салынған ыдысты алып, оны қурбанлық орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.
Библия аўдарыў институты, 2004
Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.
Институт перевода Библии, 2022
Perishte tútetki salınǵan ıdıstı alıp, onı qurbanlıq orınnıń janıp turǵan shoǵına toltırdı da, jerge ılaqtırıp jiberdi. Sonda gúldirmama gúrkirep, gúrsildegen dawıslar esitildi hám shaqmaq shaǵıp, jer silkindi.