bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Thessalonians 3
2 Thessalonians 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
1
Қулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сөзи сизлердиң араңыздағы сыяқлы еркин жайылып, ҳүрметке бөлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер.
2
Жаман ҳәм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Өйткени адамлардың ҳәммеси исениўши емес.
3
Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды.
4
Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳәм ислейтуғыныңызға исенемиз.
5
Ийемиз жүреклериңизди Қудайды сүйиўге ҳәм Масийхқа садық болыўға бағдарласын.
6
Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тәлиматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер!
7
Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз.
8
Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик.
9
Жәрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, өрнек болыўымыз ушын усылай иследик.
10
Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген едик.
11
Өйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз.
12
Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен жалбарынамыз ҳәм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, өз нанын өзи таўып жесин.
13
Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.
14
Егер бул хаттағы сөзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер.
15
Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.
16
Тынышлық бериўши Ийемиздиң Өзи сизлерге ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳәммеңизге яр болсын!
17
Мен, Павел, бул сәлемди өз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳәр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.
18
Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
All chapters:
1
2
3