bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
1 Corinthians 12
1 Corinthians 12
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 13 →
1
Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен.
2
Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер.
3
Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4
Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў.
5
Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз.
6
Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз.
7
Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди.
8
Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин,
9
сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын,
10
биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сөйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди.
11
Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди.
12
Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай.
13
Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.
14
Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе.
15
Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
16
Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
17
Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады?
18
Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты.
19
Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди?
20
Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў.
21
Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды.
22
Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады.
23
Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз.
24
Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады.
25
Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи.
26
Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27
Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз.
28
Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм басқа тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады.
29
Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме?
30
Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси басқа тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес!
31
Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен:
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16