bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
1 John 1
1 John 1
Библия аўдарыў институты, 2004
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
1
Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз.
2
Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Әке менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз.
3
Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих пенен болады.
4
Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.
5
Ийса Масихтан еситип, сизлерге жәриялап атырған хабарымыз бул: Қудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ.
6
Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз.
7
Бирақ Қудайдың Өзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳәм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды.
8
Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳәм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды.
9
Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды.
10
Егер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз ҳәм бизлерде Оның сөзи болмайды.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5