bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
1 Peter 4
1 Peter 4
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 5 →
1
Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады.
2
Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар.
3
Сизлердиң өткен өмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын әдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қәлеўлерге, мәскүнемликке, айшы-әширетке, нәпсиқаўлыққа ҳәм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, өмир сүрген едиңлер.
4
Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нәпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр.
5
Бирақ олар буның ушын тирилер менен өлилерди ҳүким етиўге таяр турған Қудай алдында жуўап береди.
6
Сол себепли, өлилердиң денеси басқалар қатары өлип жазаланса да, руўхы Қудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар өлилерге де жәрияланды.
7
Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар!
8
Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады.
9
Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар.
10
Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер.
11
Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Масихтики. Аўмийин.
12
Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар.
13
Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар.
14
Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады.
15
Және ҳеш бириңиз адам өлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин.
16
Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар.
17
Өйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Қудай Өз шаңарағынан баслайды. Егер бул Қудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Қудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?
18
«Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Қудайсыз ҳәм гүнакар адамға не болады?»
19
Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5