bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Acts 6
Acts 6
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 7 →
1
Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди.
2
Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас.
3
Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық.
4
Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5
Бул сөз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине өткен антиохиялы Николасты сайлап,
6
елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7
Солай етип, Қудайдың сөзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны көбейе берди. Руўханийлердиң көбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.
8
Қудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсететуғын еди.
9
Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады.
10
Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сөйлегенликтен, олар қарсы тура алмады.
11
Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Қудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12
Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди өшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди.
13
Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сөйлеп жүр.
14
Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин өзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15
Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин көрди.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28