bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 John 3
1 John 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
1
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр.
2
Сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Қудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге көрсетилмеди. Масийх келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Өйткени Оны ҳақыйқаттан қандай болса, сондай көремиз.
3
Масийхтан усылай үмит еткен ҳәр бир адам Ол пәк болғаны сыяқлы, өзин пәклейди.
4
Гүна ислеген ҳәр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи – нызамсызлық.
5
Ал Масийхтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Өзинде гүна жоқ.
6
Онда жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны көрмеген де, билмеген де.
7
Перзентлерим! Ҳеш кимге өзлериңизди алдатпаңлар. Масийхтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ.
8
Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди.
9
Қудайдан туўылған ҳәр бир адам гүна ислемейди, себеби Қудайдың туқымы онда болады. Ол Қудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды.
10
Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес.
11
Сизлер әзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик!
12
Шайтанға тийисли болып, өз туўысқанын өлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын өлтирди? Өйткени өзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди.
13
Туўысқанларым, дүнья сизлерди жек көрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар.
14
Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол өли болып қала береди.
15
Туўысқанын жек көрген ҳәр бир адам – адам өлтириўши. Адам өлтириўши ҳеш бир адамның мәңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер.
16
Сүйиспеншиликтиң не екенин Масийхтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шәрт.
17
Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады?
18
Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик.
19
Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер жүрегимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында жүрегимиз тыныш болады. Өйткени Қудай жүрегимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи.
21
Сүйикли туўысқанларым, егер жүрегимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз
22
ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз.
23
Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масийхтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис.
24
Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5