bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Thessalonians 1
1 Thessalonians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
1
Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! Сизлерге Қудайдың мийрими ҳәм тынышлығы яр болсын!
2
Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз.
3
Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
4
Қудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын билемиз.
5
Себеби сизлерге жәрияланған Хош Хабар тек сөз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳәм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер.
6
Көп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Қудайдың сөзин қабыл етип, бизлерге ҳәм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар.
7
Солай етип, сизлер Македония ҳәм Ахаядағы пүткил исениўшилерге үлги болдыңлар.
8
Өйткени Ийемиздиң сөзи сизлерден тарқап, Қудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳәм Ахаяға емес, ал ҳәмме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нәрсе айтыўымызға ҳәжет қалмады.
9
Себеби олардың өзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳәм ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға жүз бурғаныңызды айтып берди.
10
Және де олар бизлерди келешектеги қәҳәрли жазадан қутқаратуғын Ийсаның, яғный Қудайдың Өзи өлимнен тирилткен Улының аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да сөз етти.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5