bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 John 1
2 John 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
1
Мен, ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди.
2
Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады.
3
Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масийхтан келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
4
Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым.
5
Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман.
6
Сүйиспеншилик – бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
7
Дүнья жүзинде Ийса Масийхтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳәм Масийхқа қарсы турыўшы.
8
Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар.
9
Масийхтың тәлиматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлиматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар.
10
Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлиматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер.
11
Өйткени оған сәлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.
12
Сизлерге жазатуғын көп нәрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қәлемеймен. Қуўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға барып, жүзбе-жүз сөйлесемен деген үмиттемен.
13
Қудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сәлем айтып атыр.
Jump to:
Chapter 1
All chapters:
1