bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Colossians 1
Colossians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 2 →
1
Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден,
2
Колоса қаласындағы мухаддеслерге, яғный Масийхқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3
Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз.
4
Себеби сизлердиң Масийх Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил мухаддеслерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик.
5
Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ең дәслеп ҳақыйқат сөзлерин, яғный Хош Хабарды еситкен ўақытта еситкенсизлер.
6
Сизлерге жетип келген бул Хош Хабар пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7
Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Эпафрастан тәлим алдыңлар. Усы Эпафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масийхтың садық хызметшиси.
8
Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9
Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
10
Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.
11
Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды.
13
Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди.
14
Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.
15
Қудайдың Улы болған Масийх көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған.
16
Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масийх тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды.
17
Масийх ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты.
18
Масийх – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди.
19
Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди.
20
Масийхтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи.
21
Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер.
22
Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, минсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масийхтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды.
23
Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.
24
Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масийхтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман.
25
Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым.
26
Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды.
27
Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масийх.
28
Бизлер усы Масийх ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масийх пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз.
29
Масийхтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4