bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Esther 7
Esther 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 8 →
1
Солай етип, патша Ҳаман менен бирге ханбийке Эстердиң зыяпатына келди.
2
Екинши зыяпат күни де олар шарап ишип отырғанда, патша Эстерге және: – Эстер, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди.
3
Сонда ханбийке Эстер жуўап берип былай деди: – Тақсырым! Егер маған кеўлиңиз толған болса ҳәм дурыс деп тапсаңыз, мениң жанымды сақлап қалыўыңызды тилеймен ҳәм мениң халқыма да өмир бағышлаўыңызды өтинемен.
4
Себеби мен ҳәм мениң халқым өлтирилип жоқ етилиў ҳәм қырып тасланыў ушын сатылғанбыз. Егер бизлер қул ҳәм шоры етип сатылғанымызда, мен үндемеген болар едим. Өйткени бул ис себепли патшамыздың тынышын алыў мақул болмас еди, – деди.
5
Сонда патша Ахашўерош ханбийке Эстерден: – Бундай исти ислеўге кимниң батылы барды, сол адам қай жерде? – деп сорады.
6
Эстер: – Душпанымыз ҳәм жаўымыз – бул жаўыз Ҳаман, – деди. Сонда патшаның ҳәм оның ҳаялының алдында Ҳаманның ҳүрейи ушып, қорқып кетти.
7
Патша ғәзепленип, орнынан турды да, сарай бағына қарай кетти. Ал Ҳаман ханбийке Эстерден өз жанын қутқарыўын өтинип сораў ушын иште қалды. Өйткени ол патшаның өзин қатаң жазалаўды қарар еткенин түсинген еди.
8
Патша сарай бағынан зыяпат болып атырған жерге қайтқанда, Эстер жамбаслап отырған орынлықта Ҳаманның ет бетинен жығылып атырғанын көрди де: – Бул адам сарайда, ҳәттеки, мениң көз алдымда ҳаялыма зорлық қылмақшы ма? – деп бақырды. Патша усы сөзлерди айтып болар-болмастан, патшаның хызметшилери Ҳаманның бетин жапты.
9
Соңынан патшаға хызмет ететуғын ақталардың бири Харбона былай деди: – Ҳаманның үйиниң алдында бийиклиги елиў шығанақ келетуғын дар турыпты. Бул дар патшамызды ескертип, оның өмирин сақлап қалған Мордохайды асыў ушын қурылған, – деди. Сонда патша: – Сол дарға оның өзин асыңлар! – деп буйрық берди.
10
Солай етип, Ҳаманның Мордохайды асыў ушын қурдырған дарына оның өзин асты. Соннан кейин ғана патшаның ашыўы басылды.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10