bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezra 9
Ezra 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 10 →
1
Бул ўақыялардан кейин, басшылар алдыма келип былай деди: «Израил халқы, ҳәтте, руўханийлер менен лебийлилер де айналамыздағы халықлардың: қанан, хет, периз, ебус, аммон, моаб, амор халықларының ҳәм мысырлылардың жеркенишли нәрселеринен еле арылмады.
2
Себеби өзлери де, уллары да усы халықлардың қызларына үйленген. Усылайынша мухаддес туқым әтираптағы халықлар менен араласып кеткен. Басшылар ҳәм хызметкер адамлар бул опасызлыққа бас болды».
3
Мен бул гәплерди еситкенимде, көйлек-шапанымды жыртып, шаш-сақалымды жулып, қатты қапа болып жерге отырып қалдым.
4
Сонда сүргиннен қайтқанлардың опасызлығына байланыслы, Израилдың Қудайының сөзлеринен қорққанлардың ҳәммеси мениң жаныма топланды. Мен болсам, кешки қурбанлық ўақтына шекем қайғыға батып отырдым.
5
Ал кешки қурбанлық ўақтында қайғыға батып, көйлек-шапаным жыртылған ҳалда отырған орнымнан турдым. Дизерлеп отырып қолларымды жайып, Қудайым Жаратқан Ийеге
6
былай дедим: «Қудайым! Басымды көтерип Саған қараўға уялып ҳәм қысынып турман. Себеби гүнамыз басымыздан асып, айыбымыз аспанға жеткен.
7
Ата-бабаларымыздың заманынан баслап усы күнге шекем айыпқа көмилип қалғанбыз. Гүнамыз себепли бизлер өзлеримиз, патшаларымыз, руўханийлеримиз басқа еллердиң патшаларының қолына тапсырылдық, өлтирилдик, тутқынға алындық, таландық ҳәм бүгингидей шерменде болдық.
8
Бирақ бүгин Қудайымыз Жаратқан Ийе! Сен бизлерге қысқа ўақытқа мийрим көрсетип, айырымларымызды тири қалдырдың. Қуллықта болғанымызда көзимизге нур бериў ҳәм аз ғана болса да, еңсемизди көтериў ушын, Өзиңниң мухаддес орныңнан мәкан жай бердиң.
9
Себеби бизлер қуллар едик. Бирақ Қудайымыз, Сен бизлерди қуллыққа таслап қоймадың. Сен Персия патшаларының жүрегинде бизлерге деген мийрим ояттың. Өзиңниң Үйиңди қурыўымыз ҳәм қарабақанаға айланған Үйди қайта тиклеўимиз ушын жаңа өмир бердиң. Және де, Ерусалимде ҳәм Яҳудада бизлерге қорғаныў дийўалын бердиң.
10
Ал енди, Қудайымыз, буннан кейин не дей аламыз? Өйткени Сениң буйрықларыңнан жүз бурдық.
11
Сен Өз қулларың пайғамбарлар арқалы мынадай буйрық берген едиң: „Сизлер ийелик етиў ушын кирип атырған жер – ҳарам жер. Ол сол жерде жасап атырған халықлардың ҳарамлықлары ҳәм жеркенишли дәстүрлери менен ҳарамланған. Олар елди бастан аяғына өз напәклигине толтырған.
12
Сонлықтан олар менен қыз берисип, қыз алыспаңлар. Ҳеш қашан олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер. Сонда күшли боласыз, бул жердиң өниминен жеп, оларды өз балаларыңызға мәңгиге мийрас етип бересиз“.
13
Басымызға түскенлердиң ҳәммеси өзлеримиздиң жаман ислеримиз ҳәм үлкен айыбымыз себепли болды. Бирақ Сен, Қудайымыз, бизлерди ислеген исимизге қарағанда жеңил жазаладың ҳәм айырымларымызды тири қалдырдың.
14
Енди қалайынша және Сениң буйрықларыңды бузып, усындай жеркенишли ислерди ислеп атырған халықлар менен қуда-тамыр бола аламыз? Егер солай ислесек, онда Сен бизлерге ғәзепленип, бирде биреўимизди тири қалдырмай, қырып тасламайсаң ба?
15
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен әдилсең. Бүгинги күнге келип бизлер аман қалдық. Сениң алдыңда турыўға ҳақымыз болмаса да, мине, бизлер өз айыпларымызды арқалап, Сениң алдыңда турмыз».
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10