bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Habakkuk 2
Habakkuk 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
1
Мен гүзетши минарасына шығып, Минараның үстинде қарап тураман, Жаратқан Ийениң жуўабын күтемен. Мениң налаларыма қандай жуўап беретуғынын көремен.
2
Сонда Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди: «Тасларға анық қылып жаз саған аян қылғанларымды, Ҳәр бир адам бир қарағаннан оқый алатуғын болсын.
3
Бул аян белгиленген ўақытта әмелге асады, Сол ўақыт тез арада келеди, бул аян жалған емес. Егер де кешиккендей болып көринсе, сабыр ет, Ол әлбетте кешикпей орынланады.
4
Қара, менмен адам туўры жолдан жүрмегени ушын өледи, Ҳақ адам Қудайға болған садықлығы арқалы жасайды.
5
Байлық алдамшыдур, Менмен адам тыным таппайды, Ол өлилер мәканына уқсап, Өлим сыяқлы ҳеш қашан тоймайды. Соның ушын, еллерди басып алып, халықларды тутқын қылады.
6
Тутқынға түскен халықлар оның үстинен күлип, мазақлап былай дейди: „Ҳәй, өзине тийисли болмағанды талап, бир үйин қылған, Ҳәсирет шегесең, басқалардың затларын тонап, қарызыңды арттырған. Бул жағдай қашанға дейин даўам етер еди?“
7
Қарызыңды қайтарыўды талап қылатуғынлар тосаттан пайда болады, Олар келип, сени қорқыныш ишинде қалдырады, Сонда сен олар ушын олжа болып қаласаң.
8
Сен көп халықларды тонап, қан төктиң. Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың, Соның ушын, олардан аман қалғанлары сени талайды.
9
Үйин жаўызлық пенен байлыққа толтырып, Апаттан қашыў ушын, үйин бийикке қурған, ҳәсирет шегеди!
10
Сен өз ҳийлең менен, Өз урпағыңа шерменделик алып келдиң, Көп халықларды қыйратқаның ушын, Апат алып келдиң өз басыңа.
11
Ҳәттеки, үйиңниң дийўал таслары саған қарсы пәрияд қылады, Өре ағашлары да оларға қосылып жаңғырады.
12
Ҳәй, қан төгип қала қурған, ҳәсирет шегесең, Ҳәй, әдалатсызлық пенен қорған салған, ҳәсирет шегесең!
13
Халықлардың тер төгип ерискенлериниң жанып кетиўи, Миллетлердиң барлық мийнетлериниң босқа шығыўы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң иси емес пе?
14
Өйткени суўлар теңизди толтырып турғанындай, Жер жүзи Жаратқан Ийениң уллылығы ҳаққындағы билимге толады.
15
Ҳәсирет шегесең! Ҳәй, жалаңаш денелерин тамаша қылыў ушын, Қоңсы халықларға мәс болғанынша өзиңниң ғәзеп шарабыңнан иштирген.
16
Сен абырай орнына шерменделикке бөленесең, Енди гезек саған келди, өзиң де иш ҳәм көринсин сүннетсиз жалаңаш денең. Жаратқан Ийе саған иштирер оң қолындағы жазаға толы кесесин, Сөйтип абырайыңды төгип, шерменде қылар.
17
Лебанон тоғайларында қылған зорлық-зомбылығың өз басыңа түседи, Жабайы ҳайўанларды қырып тасладың, Енди сол ислеген жаўызлығың өзиңди қорқыўға салады. Адамзаттың қанын төктиң, Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың.
18
Адамзаттың қолдан соққан ойма ҳәм қуйма бутлары неге жарайды? Олардың не пайдасы бар жалғаннан басқа? Адам өзи соққан бутына исенер, Бирақ соққан буты тилсиз бир үнсиз затдур.
19
Ағаш бутқа „Оян!“ деп айтқан, Тилсиз тасқа „Тур!“ деп жалбарынған, ҳәсирет шегесең! Бут саған туўры жолды көрсете алар ма еди? Олар алтын ҳәм гүмис пенен қапланғандур, Бирақ оның ишинде өмир жоқ.
20
Ал Жаратқан Ийе – Өз мухаддес Ибадатханасында, Үнсиз турсын пүткил дүнья Оның алдында».
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3