bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Haggai 2
Haggai 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
1
Сол жылдың жетинши айының, жигирма биринши күни Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггайға мынадай сөз түсти:
2
– Яҳуда ҳәкими Шеалтиел улы Зеруббабелге, бас руўханий Иосадақ улы Ешуаға ҳәм қалған халыққа былай деп айт:
3
«Сизлердиң араңызда усы Ибадатхананың бурынғы салтанатын көрген адам бар ма? Ҳәзирги көриниси қандай? Бурынғыға салыстырғанда, ҳәзир ҳеш нәрсе еместей болып көринип турған жоқ па?
4
Енди сен, ҳәй, Зеруббабел, жигерлен! – дейди Жаратқан Ийе. – Ҳәй, бас руўханий Иосадақ улы Ешуа, жигерлен! Ҳәй, елдеги пүткил халық, жигерлениң! – дейди Жаратқан Ийе. – Жумысқа кирисиңлер! Себеби Мен сизлер менен биргемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5
– Мысыр жеринен шыққаныңызда, сизлер менен дүзген келисимим бойынша, Мениң Руўхым сизлердиң араңызда болады. Қорқпаңлар!
6
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Тез арада аспан ҳәм жерди, теңиз ҳәм қурғақлықты және силкиндиремен.
7
Барлық халықларды титиретемен ҳәм олар баҳалы буйымларын усы жерге алып келеди, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Мен усы Ибадатхананы салтанатқа бөлеймен.
8
Гүмис те, алтын да Меники, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
9
– Келешекте бул Ибадатхананың салтанаты алдынғысынан да уллы болады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Сол жерге тынышлық беремен».
10
Дарийдиң патшалығының екинши жылында, тоғызыншы айдың, жигирма төртинши күни Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггайға мынадай сөз түсти:
11
– Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Руўханийлерге Нызамға байланыслы мына сораўды бер:
12
«Егер араңыздағы бириңиз қурбанлықтан алынған мухаддес гөшти кийиминиң етеги менен алып баратырған болса, оның етеги нанға, сорпаға, шарапқа, зәйтүн майына ямаса басқа бир аўқатқа тийип кетсе, сол аўқат мухаддес бола ма?» Хаггай усы сораўды бергенде, руўханийлер: – Яқ, – деп жуўап берди.
13
Хаггай сөзин даўам етип, былай деди: – Өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған бир адам усы аўқатлардың биреўине бир жерин тийгизип алса, сол аўқат ҳарам санала ма? Руўханийлер: – Аўа, ҳарам саналады – деп жуўап берди.
14
Сонда Хаггай былай деди: «Бул халық, усы миллет Мениң көз алдымда да сондай, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың ҳәр бир ислеген ислери, қурбанлық орында усынған ҳәр бир қурбанлықлары да ҳарам.
15
Енди бүгинги күннен баслап нелер болғанын ойланып көриң. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тасын өрип басламасыңыздан алдын нелер болғаны ҳаққында жақсылап ойланып көриң.
16
Қырманға жигирма өлшем дән аламан деп барғаныңызда, оннан тек ғана он өлшем дән шығатуғын еди. Шарап сығатуғын искенжеден елиў гүзе шарап аламан деп барғаныңызда болса, оннан тек ғана жигирма гүзе шарап шығатуғын еди.
17
Өйткени Мен сизлердиң қол мийнетиңизди қуўрап қалыў, кеселлениў ҳәм буршақ пенен жазаладым. Сонда да, Маған қайтып келиўден бас тарттыңлар, – дейди Жаратқан Ийе.
18
– Бүгин, тоғызыншы айдың жигирма төртинши күнинен баслап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тырнағын қайтадан салып баслаған күннен баслап нелер болып атырғанына дыққат салып, ойланып көриңлер.
19
Ғәллеханада бир туқым қалып па еди? Жүзим, әнжир, анар ҳәм зәйтүн ағашы бүгинге дейин мийўесин берип пе еди? Бирақ бүгиннен баслап, Мен сизлерди жарылқайман».
20
Сол айдың жигирма төртинши күни Жаратқан Ийеден Хаггайға екинши мәрте мынадай сөз түсти:
21
– Яҳуда ҳәкими Зеруббабелге былай деп айт: «Мен аспан менен жерди силкиндиремен.
22
Патшалықларды қулатаман, жат халықлардың күшин жоқ қыламан. Саўаш арбаларын олардың үстиндегилер менен қосып, аўдарып таслайман. Атлар ҳәм шабандозлары жығылады, олардың ҳәммеси бир-бириниң қылышынан өледи.
23
Сол күни сени, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Өз қолыма аламан, ҳәй, Шеалтиел улы қулым Зеруббабел, – дейди Жаратқан Ийе. – Сени Өзимниң мөр жүзигим сыяқлы қыламан, себеби Мен сени таңладым, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
All chapters:
1
2