bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
James 3
James 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
1
Туўысқанларым, көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң қатаң ҳүким қылынатуғынымызды билесизлер.
2
Ҳәммемиз көп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сөйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3
Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз.
4
Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады.
5
Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады.
6
Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады.
7
Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте.
8
Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы.
9
Тилимиз бенен Жаратқан Ийени ҳәм Әкени алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да.
10
Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек.
11
Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма?
12
Туўысқанларым! Әнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
13
Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис.
14
Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сөйлемеңлер.
15
Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан.
16
Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17
Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес.
18
Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5