bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jude 1
Jude 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
1
Мен, Ийса Масийхтың қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масийхтың Өзи сизлерди сақлап келмекте.
2
Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин!
3
Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди мухаддеслерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым.
4
Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масийхты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған.
5
Булардың ҳәммесинен әлле қашан хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Ийемиз Өз халқын Мысырдан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти.
6
Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты.
7
Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды.
8
Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди.
9
Ҳәтте, бас периште Михаил да Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Жаратқан Ийениң Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди.
10
Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады.
11
Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Билам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Қорах сыяқлы қозғалаң көтерип, набыт болады.
12
Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жаўынсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды.
13
Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур.
14
Адам-атаның жетинши әўлады болған Энох усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди: «Мине, Жаратқан Ийе ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын, Қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин, Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын, Өзиниң мың-мыңлаған периштелери менен келеди».
16
Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.
17
Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масийхтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер.
18
Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады», – деген еди.
19
Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар.
20
Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер.
21
Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масийхтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер.
22
Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар.
23
Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға реҳимлилик көрсетиңлер. Деген менен, абайлы болыңлар. Ҳәтте, олардың денелериниң гүнакарлығы себепли былғанған кийимлеринен де жеркениңлер.
24
Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масийх арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын! Аўмийин.
Jump to:
Chapter 1
All chapters:
1