bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Malachi 4
Malachi 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
1
«Мине, сол күн жақынлап қалды. Ол лаўлап жанып турған тандырға мегзейди. Сонда менменлер менен жаўызлық қылыўшылар сабан сыяқлы болып қалады. Сол күни олардың ҳәммеси жағып жибериледи», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. «Олардың тамыры да, шақасы да қалмайды.
2
Ал сизлер, Мениң атыма ҳүрмет көрсететуғынлар ушын, нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы шығады. Сонда сизлер қорадан шыққан бузаўдай секирип ойнап, шадланасызлар.
3
Жаўызларды басқылап таслайсызлар. Аўа, Мен усыларды әмелге асырған күни, олар аяғыңыздың астындағы топырақ сыяқлы болып қалады», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
4
«Қулым Муўсаның Нызамын, пүткил Израил халқы ушын Хореб таўында Муўсаға берген қағыйдаларды ҳәм көрсетпелерди есиңизге алың.
5
Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Мен сизлерге пайғамбар Илиясты жиберемен.
6
Мен келип, пүткил елди ғарғап, жоқ қылмаўым ушын, ол әкелердиң жүреклерин балаларына, балалардың жүреклерин әкелерине қаратып, жарастырады».
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
All chapters:
1
2
3
4