bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Psalms 118
Psalms 118
Karakalpak 2022
← Chapter 117
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 67
Chapter 68
Chapter 69
Chapter 70
Chapter 71
Chapter 72
Chapter 73
Chapter 74
Chapter 75
Chapter 76
Chapter 77
Chapter 78
Chapter 79
Chapter 80
Chapter 81
Chapter 82
Chapter 83
Chapter 84
Chapter 85
Chapter 86
Chapter 87
Chapter 88
Chapter 89
Chapter 90
Chapter 91
Chapter 92
Chapter 93
Chapter 94
Chapter 95
Chapter 96
Chapter 97
Chapter 98
Chapter 99
Chapter 100
Chapter 101
Chapter 102
Chapter 103
Chapter 104
Chapter 105
Chapter 106
Chapter 107
Chapter 108
Chapter 109
Chapter 110
Chapter 111
Chapter 112
Chapter 113
Chapter 114
Chapter 115
Chapter 116
Chapter 117
Chapter 118
Chapter 119
Chapter 120
Chapter 121
Chapter 122
Chapter 123
Chapter 124
Chapter 125
Chapter 126
Chapter 127
Chapter 128
Chapter 129
Chapter 130
Chapter 131
Chapter 132
Chapter 133
Chapter 134
Chapter 135
Chapter 136
Chapter 137
Chapter 138
Chapter 139
Chapter 140
Chapter 141
Chapter 142
Chapter 143
Chapter 144
Chapter 145
Chapter 146
Chapter 147
Chapter 148
Chapter 149
Chapter 150
Chapter 119 →
1
Қандай бахытлы минсиз жолдан жүргенлер, Жаратқан Ийе, Сениң нызамың бойынша жасайтуғынлар!
2
Қандай бахытлы Сениң шәртлериңе әмел қылатуғынлар, Шын жүреги менен Сени излегенлер!
3
Олар ҳеш қандай наҳақлық қылмас, Сениң жолыңда жүрер.
4
Берген пәрманларыңды, Муқыятлы түрде орынлаўымызды тапсырдың.
5
Қәне енди, турақлы болсам, Сениң қағыйдаларыңды орынлаўда!
6
Егер барлық буйрықларыңнан нәзеримди айырмасам, Мен шерменде болмайман.
7
Сениң әдил нызамларыңды үйренгенимде, Пәк жүрек пенен Саған алғыс-мақтаў айтаман.
8
Қағыйдаларыңды орынлайман, Мени пүткиллей таслап кетпе!
9
Жас жигит қалай пәк жол менен жүре алады? Сениң сөзиң бойынша жасаў арқалы соған ериседи.
10
Пүткил жүрегим менен Саған умтыламан, Буйрықларыңнан аўып кетиўиме жол қойма!
11
Саған қарсы гүна ислемеўим ушын, Жүрегимде сақладым сөзлериңди.
12
Алғыслар болсын Саған, Жаратқан Ийе, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
13
Аўзыңнан шыққан барлық қарарларыңды, Өз аўзым менен жәриялайман.
14
Шәртлериң менен жасап, шадланаман, Үлкен байлық тапқандай боламан.
15
Пәрманларың ҳаққында терең ой жуўыртаман, Сениң жолларыңа дыққат қыламан.
16
Қағыйдаларыңнан ләззет аламан, Сөзлериңди умытпайман.
17
Маған, қулыңа ийгилик қыл, Өмир сүрип, сөзиңе әмел қыламан.
18
Көзлеримди аш, Нызамыңдағы әжайып ислериңди көрейин.
19
Мен бир келгиндимен бул дүньяда, Буйрықларыңды меннен жасырма.
20
Бәрқулла Сениң ҳүкимлериңди, Жаным сағынып сарғаяды.
21
Буйрықларыңнан аўып кеткен, Нәлетленген тәкаббирлерди кейийсең.
22
Масқарашылық ҳәм хорлықты меннен узақластыр, Себеби шәртлериңди орынлап киятырман.
23
Басшылар жыйналып, маған қарсы өсек айтса да, Мен, қулың Сениң қағыйдаларың ҳаққында терең ой жуўыртаман.
24
Шәртлериңнен ләззет аламан, Олар маған ақыл береди.
25
Жаным әжелге жақынлап қалды, Ўәдең бойынша өмир бер маған.
26
Жүрген жолларымды айтып бердим, маған жуўап бердиң, Қағыйдаларыңды үйрет маған!
27
Пәрманларыңның мәнисин түсиндир, Солай етип, әжайып ислериң ҳаққында ой жуўыртайын.
28
Ғам-қайғыдан жаным ада болды, Ўәде қылғаныңдай, мени аяққа турғыз!
29
Жаман жолдан узақластыр, Мийримиң менен маған нызамыңды үйрет.
30
Садықлық жолын таңладым, Әдалатлы қағыйдаларыңды көз алдыма қойдым.
31
Шәртлериңди беккем услайман, Жаратқан Ийе, уятқа қалдырма мени!
32
Шын жүректен буйрықларыңның жолынан жүремен, Кеўлиме кең түсиник бердиң.
33
Қағыйдаларыңның жолын үйрет маған, Жаратқан Ийе, Мен оларды ақырына дейин орынлайман.
34
Түсиник бер, нызамыңа әмел қыламан, Шын жүрегимнен оған бойсынаман.
35
Буйрықларыңның жолы менен мени жетеле, Мен оннан рәҳәт аламан.
36
Жүрегимди наҳақ пайдаға емес, Ал Өз шәртлериңе қарай бур.
37
Көзлеримди бийҳуда нәрселерден қайтар, Өз жолыңда жанымды сақлай гөр.
38
Адамлар Сеннен қорқыўы ушын, Маған, Өз қулыңа берген ўәдеңди орынла.
39
Мени өзим қорққан шерменделиктен узақ қыл, Сениң қағыйдаларың ийгиликли.
40
Пәрманларыңа талпынаман, Сен әдалатлысаң, өмиримди сақла.
41
Маған сүйиспеншилигиңди көрсет, Жаратқан Ийе, Ўәдең бойынша қутқар мени!
42
Сонда мени мазақлағанларға жуўап қайтара аламан, Сениң сөзиңе исенемен.
43
Ҳақыйқат сөзиңди алып қойма аўзымнан, Сениң қарарларыңа үмит байлайман.
44
Нызамыңа ҳәмме ўақытта, Ҳәзир ҳәм мәңги-бақый әмел қыламан.
45
Мен еркин жүремен, Себеби пәрманларыңды орынлаўға тырысаман.
46
Патшалар алдында шәртлериңди айтаман, Буннан уялмайман.
47
Буйрықларыңнан ләззет аламан, Оларды жақсы көремен.
48
Буйрықларыңды сүйип, ҳүрмет етемен, Қағыйдаларың ҳаққында ой жуўыртаман.
49
Қулың болған маған берген ўәдеңди есле, Ол арқалы Сен маған үмит бердиң.
50
Сениң ўәдең өмиримди сақлайды, Азап ишинде қалғанымда усы маған жубаныш береди.
51
Тәкаббирлер мени ҳәдден тыс мазақлайды, Сонда да Сениң нызамыңнан жүз бурмадым.
52
Әзелги қағыйдаларыңды еслеймен, Солар маған жубаныш береди, Жаратқан Ийе.
53
Нызамыңнан жүз бурған жаўызлар себепли, Ғәзепке толып кетемен.
54
Қай жерде жасасам да, Сениң қағыйдаларыңды жырлап жүремен.
55
Түнде атыңды еслеймен, Жаратқан Ийе, Нызамыңа әмел қыламан.
56
Бул маған әдет болып қалған, Сениң пәрманларыңа әмел қыламан.
57
Мениң үлесим Сенсең, Жаратқан Ийе, Сөзлериңди орынлайман, деп ўәде бердим.
58
Шын жүрегимнен Сениң мийримиңди излеймен, Ўәдең бойынша маған реҳим ет.
59
Тутқан жолларыма дыққат еттим, Шәртлериң бойынша адым аттым.
60
Буйрықларыңды орынлаўға, Асығаман ҳәм кешиктирмеймен.
61
Жаўызлардың арқанлары мени орап байлады, Ал мен нызамыңды умытпадым.
62
Әдил ҳүкимлериң ушын, Түн ортасында турып, Сени тәрийиплеймен.
63
Сеннен қорқатуғынлардың, Пәрманларыңа әмел қылатуғынлардың достыман.
64
Жер жүзи сүйиспеншилигиңе толы, Жаратқан Ийе, Қағыйдаларыңды үйрет маған!
65
Жаратқан Ийе, жақсылық қылдың қулыңа, Берген ўәдеңде турдың.
66
Маған зейин ҳәм түсиник бер, Сениң буйрықларыңа исенемен.
67
Азап шегиўден алдын жолдан адастым, Бирақ енди Сениң сөзиңе әмел қыламан.
68
Сен ийгиликлисең, жақсылық қыласаң, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
69
Тәкаббирлер жалған сөйлеп, мени қаралады, Бирақ мен шын жүрегим менен пәрманларыңа бойсынаман.
70
Олардың жүреклерин май басқан, Ал мен нызамыңнан ләззет аламан.
71
Жақсы болды азап шеккеним, Усы арқалы қағыйдаларыңды үйрендим.
72
Аўзыңнан шыққан нызам мен ушын, Мыңлаған алтын ҳәм гүмистен баҳалыдур.
73
Сениң қолларың мени жаратып, пишим берди, Түсиник берип, буйрықларыңды үйрет.
74
Сеннен қорқатуғынлар мени көрип қуўансын, Мен Сениң сөзиңе үмит байладым.
75
Жаратқан Ийе, Сениң ҳүкимлериң әдил екенин билемен, Маған әдалатлы түрде азап шектирдиң.
76
Қулың болған маған берген ўәдең бойынша, Сүйиспеншилигиң мени жубатсын.
77
Маған реҳим қыл, аман жасайын, Нызамың мен ушын ләззетли.
78
Мени жалған айыплағаны ушын, Тәкаббирлер шерменде болсын. Ал мен пәрманларың ҳаққында ой жуўыртаман.
79
Шәртлериңди билетуғынлар, Сеннен қорқатуғынлар, Маған бет бурсын.
80
Шерменде болмаўым ушын, Қағыйдаларыңа бола жүрегим минсиз болсын.
81
Қутқарыўыңа интизар болып, жаным ада болды, Сениң сөзиңе үмит байладым.
82
Берген сөзиңниң орынланыўын күтип, Көзлеримниң нуры сөнди, «Қашан мени жубатасаң?» – деп сорайман.
83
Тозған шапандай болып қалсам да, Умытпайман Сениң қағыйдаларыңды.
84
Қулың болған мен және қанша күтиўим керек? Мени қуўғын қылып атырғанларды қашан ҳүким қыласаң?
85
Нызамыңа бойсынбайтуғын тәкаббирлер, Шуқыр қазды мен ушын.
86
Барлық буйрықларың исенимли, Мени наҳақ қуўдаламақта, жәрдем бер!
87
Олар мени жер жүзинен жоқ қыла жазлады, Бирақ мен Сениң пәрманларыңнан айырылмадым.
88
Сүйиспеншилигиң ҳақы жанымды қорға, Аўзыңнан шыққан шәртлериңе әмел қыламан.
89
Жаратқан Ийе, сөзиң мәңги, Ол көклерде беккем турады.
90
Садықлығың әўладтан-әўладқа даўам етеди, Сен орнатқан жер жүзи беккем турады.
91
Қарарларың бойынша олар бүгинге дейин турыпты, Олардың ҳәммеси Саған хызмет етеди.
92
Егер нызамың маған ләззет бағышламағанда, Шеккен азапларымнан өлип кетер едим.
93
Пәрманларыңды ҳасла умытпайман, Солар арқалы өмиримди сақладың.
94
Мен Саған тийислимен, қутқар мени, Сениң пәрманларыңа талпынаман.
95
Жаўызлар мени жоқ қылыў ушын аңлыйды, Ал мен Сениң шәртлериңе дыққат аўдараман.
96
Сениң буйрықларыңнан басқа, Ҳеш бир нәрсе минсиз емес.
97
Нызамыңды қаншелли сүйемен! Күни бойы оның үстинде ой жуўыртаман.
98
Буйрықларың мени душпанларымнан гөре дана қылады, Буйрықларың мәңги мениң менен бирге.
99
Барлық устазларымнан гөре, ақыллырақ болдым, Себеби шәртлериң үстинде ой жуўырттым.
100
Жасы үлкенлерден гөре, данаман, Өйткени пәрманларыңа бойсындым.
101
Сениң сөзиңе әмел қылыў ушын, Жаман жолға аяқ басыўдан аўлақ болдым.
102
Қағыйдаларыңнан шетке шықпадым, Сен маған тәлим бергенсең.
103
Сөзлериң таңлайыма соншелли мазалы, Палдан да татлы мениң аўзыма!
104
Пәрманларың арқалы даналыққа ийе боламан, Соның ушын, ҳәр қандай жалған жолдан жеркенемен.
105
Сөзлериң қәдемлерим ушын шыра, Жолымды жарық қылатуғын нур.
106
Әдил қағыйдаларыңды орынлаўға ант иштим, Сөзимде турып, антымды орынлайман.
107
Көп азап шектим, Жаратқан Ийе, Ўәдең бойынша жанымды қорға.
108
Ықтыярлы садақам болған алғысларымды қабыл ет, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
109
Жаным ҳәмме ўақытта қәўип астында, Сонда да нызамыңды умытпайман.
110
Жаўызлар дузақ қурды маған, Сонда да пәрманларыңнан шетке шықпадым.
111
Шәртлериң мәңги мийрасым, Жүрегимниң қуўанышы олар.
112
Қағыйдаларыңа ақырына дейин, Мәңгиге бойсыныўды қарар еттим.
113
Еки жүзлилерден жеркенемен, Сениң нызамыңды сүйемен.
114
Панам ҳәм қалқаным Сенсең, Сениң сөзиңе үмит байладым.
115
Ҳәй, жаўызлар, меннен аўлақ жүриң, Мен Қудайымның буйрықларын орынлайман.
116
Қудай, жасаўым ушын, ўәдең бойынша мени қоллап қуўатла, Үмитимди босқа шығарып, уялтпа!
117
Қутқарылыўым ушын, мени қоллап қуўатла, Мудамы дыққат саламан қағыйдаларыңа.
118
Қағыйдаларыңнан аўып кеткенлерден жүз бурасаң, Олардың ҳийлелери бийҳудадур.
119
Дүньядағы жаўызларды шығындыдай етип таслайсаң, Сонлықтан сүйемен Сениң шәртлериңди.
120
Сеннен қорққанымнан денем титирейди, Ҳүкимлериңнен қорқаман.
121
Әдил ҳәм туўры ислер қылдым, Езиўшилердиң қолына қалдырма мени!
122
Қулыңның бахтына кепиллик бер, Тәкаббирлердиң мени езиўине жол қойма.
123
Мени қутқарыўыңды күтип, Көзлеримниң нуры сөнди. Мени азат етиўди ўәде қылған едиң.
124
Қулыңа сүйиспеншилигиңди көрсет, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
125
Мен Сениң қулыңман, маған ақыл бер, Шәртлериңди билип алайын.
126
Жаратқан Ийе, Өз исиңди қылатуғын ўақтың келди, Адамлар нызамыңды бузды.
127
Сениң буйрықларыңды, Алтыннан, сап алтыннан да жақсы көремен.
128
Сен берген барлық пәрманларың бойынша қәдем басаман, Ҳәр бир жалған жолдан жеркенемен.
129
Сениң шәртлериң әжайып, Сонлықтан оларға әмел қыламан.
130
Мәниси ашылғанда, сөзлериң нур шашады, Садаларға ақыл береди.
131
Шөллеп, аўзымды ашаман, Сениң буйрықларыңа қуштарман.
132
Атыңды сүйгенлерге мудамы қылғаныңдай, Нәзер салып, маған реҳим көрсет.
133
Сөзиң менен қәдемлеримди беккемле, Ҳеш бир гүна мениң үстимнен ҳүкимдарлық қылмасын.
134
Адамлардың зулымлығынан азат қыл мени, Солай етип, пәрманларыңа әмел қыламан.
135
Сениң жүзиң қулың болған маған нурын шашсын, Қағыйдаларыңды үйрет маған.
136
Дәрья болып, жас төгилер көзлеримнен, Нызамыңа әмел қылмай атыр адамлар.
137
Сен әдилсең, Жаратқан Ийе, Ҳүкимлериң әдалатлы.
138
Буйырған шәртлериң әдалатлы, Олар толық исенимли.
139
Сөзлериңди умытты душпанларым, Соған деген ғәзебим диңкемди қуртты.
140
Сөзиң сондай пәк, Қулың оны сүйеди.
141
Мен керексизбен, хорланғанман, Бирақ пәрманларыңды умытпайман.
142
Сениң әдалатың мәңгидур, Нызамың ҳақыйқатдур.
143
Қайғы ҳәм азапқа дус келсем де, Ләззет аламан буйрықларыңнан.
144
Шәртлериң мәңгиге әдалатлыдур, Жасаўым ушын маған ақыл бер.
145
Пүткил жүрегим менен жалбарынаман, Жуўап бер маған, Жаратқан Ийе! Сениң қағыйдаларыңа әмел қыламан.
146
Мени қутқар деп, Саған дад саламан, Шәртлериңе әмел қыламан.
147
Күн шықпастан турып, жәрдем сорайман, Сениң сөзиңе үмит байлайман.
148
Берген ўәдеңди түсинейин деп, Түни бойы уйқы келмес көзиме.
149
Сүйиспеншилигиң бойынша даўысыма қулақ сал, Ҳүкимлериң бойынша, жанымды аман сақла, Жаратқан Ийе!
150
Жаўыз жоба дүзетуғынлар жақынлап қалды, Олар нызамыңнан узақласқан.
151
Бирақ Жаратқан Ийе, Сен жанымдасаң, Барлық буйрықларың ҳақыйқатдур.
152
Шәртлериңди мәңгиге тайынлағаныңды, Бурыннан мен түсиндим.
153
Шеккен азапларыма қара, қутқар мени, Нызамыңды умытпадым.
154
Сен мени жақлап, мени қутқар, Ўәдең бойынша жанымды сақла.
155
Қутқарылыў жаўызлардан узақдур, Сениң қағыйдаларыңды олар излемес.
156
Реҳимиң уллыдур, Жаратқан Ийе, Ҳүкимлериң бойынша жанымды сақла.
157
Мени қуўдалайтуғын душпанларым көп, Сонда да шәртлериңнен шетке шықпадым.
158
Опасызларды көргенимде жеркенемен, Олар көрсетпелериңе әмел қылмайды.
159
Қара, пәрманларыңды қаншелли сүйемен, Сүйиспеншилигиң менен жанымды сақла.
160
Сөзиңниң негизи ҳақыйқатдур, Әдил ҳүкимлериңниң ҳәммеси мәңги даўам етеди.
161
Ҳүкимдарлар мени айыпсыз қуўдалайды, Ал жүрегим сөзиңнен қорқады.
162
Көп олжа тапқан адамдай, Сениң сөзлериңе сондай қуўанаман.
163
Жалғаннан тиксинип, жеркенемен, Бирақ Сениң нызамыңды сүйемен.
164
Әдил ҳүкимлериң ушын, Күнине жети мәрте Саған алғыс айтаман.
165
Нызамыңды сүйгенлер уллы абаданшылыққа жетисер, Олар ҳеш нәрсеге сүрникпес.
166
Жаратқан Ийе, қутқарыўыңнан үмит қыламан, Буйрықларыңды орынлайман.
167
Шәртлериңе әмел қыламан, Мен оларды жүдә жақсы көремен.
168
Пәрман ҳәм шәртлериңе әмел қыламан, Барлық жолларымнан хабарың бар.
169
Пәриядым Саған жетсин, Жаратқан Ийе, Сөзиң бойынша даналық бер маған.
170
Жалбарыныўым Саған жетип барсын, Ўәдең бойынша қутқар мени!
171
Аўзым алғыс-мақтаўға толып тассын, Маған қағыйдаларыңды үйретесең.
172
Тилим сөзиңди жырласын, Барлық буйрықларың әдил.
173
Қолың маған жәрдем берсин, Пәрманларыңа бойсыныўды таңладым.
174
Қутқарыўыңды аңсайман, Жаратқан Ийе, Нызамыңнан ләззет аламан.
175
Жанымды сақла, Саған алғыслар айтайын, Ҳүкимлериң маған жәрдем берсин.
176
Жойтылған қойдай жолдан адастым, Қулыңды излеп таўып ал, Себеби буйрықларыңды умытпадым.
← Chapter 117
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 67
Chapter 68
Chapter 69
Chapter 70
Chapter 71
Chapter 72
Chapter 73
Chapter 74
Chapter 75
Chapter 76
Chapter 77
Chapter 78
Chapter 79
Chapter 80
Chapter 81
Chapter 82
Chapter 83
Chapter 84
Chapter 85
Chapter 86
Chapter 87
Chapter 88
Chapter 89
Chapter 90
Chapter 91
Chapter 92
Chapter 93
Chapter 94
Chapter 95
Chapter 96
Chapter 97
Chapter 98
Chapter 99
Chapter 100
Chapter 101
Chapter 102
Chapter 103
Chapter 104
Chapter 105
Chapter 106
Chapter 107
Chapter 108
Chapter 109
Chapter 110
Chapter 111
Chapter 112
Chapter 113
Chapter 114
Chapter 115
Chapter 116
Chapter 117
Chapter 118
Chapter 119
Chapter 120
Chapter 121
Chapter 122
Chapter 123
Chapter 124
Chapter 125
Chapter 126
Chapter 127
Chapter 128
Chapter 129
Chapter 130
Chapter 131
Chapter 132
Chapter 133
Chapter 134
Chapter 135
Chapter 136
Chapter 137
Chapter 138
Chapter 139
Chapter 140
Chapter 141
Chapter 142
Chapter 143
Chapter 144
Chapter 145
Chapter 146
Chapter 147
Chapter 148
Chapter 149
Chapter 150
Chapter 119 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66
67
68
69
70
71
72
73
74
75
76
77
78
79
80
81
82
83
84
85
86
87
88
89
90
91
92
93
94
95
96
97
98
99
100
101
102
103
104
105
106
107
108
109
110
111
112
113
114
115
116
117
118
119
120
121
122
123
124
125
126
127
128
129
130
131
132
133
134
135
136
137
138
139
140
141
142
143
144
145
146
147
148
149
150