bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Titus 2
Titus 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
1
Ал саған келсек, сен дурыс тәлимат бойынша тәлим бер.
2
Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳәм ҳүрметке миясар болыўды, өзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳәм сабырлылықта беккем болыўды үйрет.
3
Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм шараптың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет.
4
Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
6
Жас ер адамларға да өзлерин тыйып билиўди нәсият ет.
7
Жақсы ислер ислеп, оларға ҳәр бир нәрседе өрнек бол. Тәлим бергениңде ҳадал ҳәм салдамлы болып,
8
ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сөзлерди сөйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нәрсе айта алмағанлықтан уялып қалады.
9
Қулларға хожайынларына ҳәр бир нәрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сөйлемей
10
ҳәм урлық ислемей, толық садықлық көрсетиўди үйрет. Сонда олар Қутқарыўшымыз Қудайдың тәлиматына ҳәр тәреплеме жақсы ат келтиреди.
11
Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди.
12
Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолына ылайықлы өмир сүриўди үйретеди.
13
Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масийхтың салтанат пенен келиўин күттиреди.
14
Ол қун төлеп бизлерди ҳәр бир нызамсыз ислеримизден азат етиў ушын ҳәм жақсылық ислеўге инталы, айрықша бир халықты Өзине тазалап алыў ушын Өз жанын бағышлады.
15
Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳәм кейи. Өзиңди ҳеш кимге кемситтирме.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3