bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Hebrews 10
Hebrews 10
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 11 →
1
Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нәрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал көлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳәр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Қудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пәклей алмайды.
2
Егер толық пәклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Өйткени сыйыныўшылар бир мәртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди.
3
Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди.
4
Себеби өгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды.
5
Сол себептен Масих дүньяға келип, Қудайға былай деген еди: «Қурбанлық пенен садақаны Сен қәлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6
Жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош көрмедиң.
7
Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Қудай, Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“».
8
Төмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Қурбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қәлемедиң ҳәм оларды хош көрмедиң», – деген еди.
9
Соңынан Масих: «Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти.
10
Қудайдың усы қәлеўи бойынша, Ийса Масих Өз денесин биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық.
11
Ҳәр бир руўханий ҳәр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды.
12
Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мәңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Қудайдың оң тәрепине отырды.
13
Ол сол ўақытлардан бери, Өз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте.
14
Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мәңгиликке минсиз қылды.
15
Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Әўели Ол былай деген:
16
«Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“».
17
Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳәм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман».
18
Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.
19
Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бөлмеге кириўге бизлерде батыллық бар.
20
Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Өз денеси арқалы сол Ең мухаддес бөлмеге кириўге жаңа ҳәм тири жол ашып берди.
21
Усы Ийса – Қудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз.
22
Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳәм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Қудайға жақынлайық.
23
Өзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўәде берген Қудай садық.
24
Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳәм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық.
25
Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық.
26
Өйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ.
27
Тек ҳүкимди ҳәм Қудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады.
28
Муўсаның Нызамын тән алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде өлтирилетуғын еди.
29
Енди бир ойланып көриңлер, Қудайдың Улын аяқ асты етип, өзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қәдирсиз көрген ҳәм Қудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма?
30
Себеби бизлер «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен» ҳәм және де «Жаратқан Ийемиз Өз халқын ҳүким етеди», – деген Қудайды билемиз.
31
Тири Қудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы!
32
Ал сизлер өзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дәслепки күнлериңизди еске түсириңлер.
33
Гейбир ўақытлары өзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жәбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳәсиретин бөлисетуғын едиңлер.
34
Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дәртлерине шерик болдыңлар. Өзлериңизди еле де жақсырақ ҳәм мәңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер.
35
Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Өйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен.
36
Қудайдың қәлеўин орынлап, ўәде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады.
37
Себеби Қудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин, Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди.
38
Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды, Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды».
39
Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13