bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Hebrews 2
Hebrews 2
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 3 →
1
Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек.
2
Себеби периштелер арқалы айтылған сөз күшке ийе болып, ҳәр қандай жынаят ҳәм бойсынбаўшылық ушын әдил жаза берилетуғын еди.
3
Солай екен, дәслеп Ийемиз Ийса тәрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тәрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
4
Қудай да бул ҳаққында кәраматлы белгилер, таң қаларлық нәрселер ҳәм ҳәр түрли кәраматлы ислер арқалы, және де, Өз қәлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.
5
Қудай бизлер сөз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ.
6
Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким өзи? Сен оған ғамхорлық көрсететуғындай, адам улы ким болыпты?
7
Оны периштелерден аз ўақытқа төменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип,
8
Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың». Қудай ҳәмме нәрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нәрсе қалдырмады. Деген менен, ҳәмме нәрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин көрмей атырмыз.
9
Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа төменирек қойылған Ийсаның өлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин көрип турмыз. Аўа, Ол Қудайдың мийрими менен ҳәмме адамлар ушын өлимди басынан кеширген еди.
10
Ҳәмме нәрсе Қудай ушын ҳәм Қудай арқалы бар болған. Усы Қудай көп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул көрди.
11
Өйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳәм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳәммеси бир Әкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды.
12
Ийса былай дейди: «Қудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жәрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман».
13
Және басқа жерде былай делинген: «Мен Қудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Қудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен».
14
Бул балалар ет ҳәм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Өзи де оларға теңлесип, ет ҳәм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол өлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Өз өлими арқалы набыт қылыў ушын
15
ҳәм өмир бойы өлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳәммесин азат қылыў ушын иследи.
16
Себеби, әлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жәрдем етеди.
17
Сол себептен Қудайдың хызметинде мийрим-шәпәәтли ҳәм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳәр тәреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди.
18
Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13