bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Corinthians 5
2 Corinthians 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 6 →
1
Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мәңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз.
2
Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳәзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз.
3
Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз.
4
Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қәлеймиз. Солай етип, өлетуғын дене мәңгилик өмир тәрепинен жутып жибериледи.
5
Бизлерди усы ушын таярлаған ҳәм буның кепили сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Қудайдың Өзи болады.
6
Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мәканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бәрқулла батырлыққа ийемиз.
7
Өйткени бизлер көзге көринетуғын нәрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз.
8
Аўа, батырлыққа ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз.
9
Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз.
10
Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масийхтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.
11
Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳәрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Қудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен.
12
Бизлер және сизлерге өзлеримизди усыныўға ҳәрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы көриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз.
13
Егер бизлер руўхый өзгеше аўҳалда болсақ, онда бул Қудай ушын. Егер әпиўайы аўҳалда болсақ, онда бул сизлер ушын.
14
Усылай ислеўге бизлерди Масийхтың сүйиспеншилиги мәжбүр етеди. Өйткени бир Адам, яғный Масийх ҳәмме ушын өлгенликтен, ҳәмме Оның өлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик.
15
Аўа, Масийх ҳәмме ушын өлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди өзлери ушын емес, ал өзлери ушын өлген ҳәм қайта тирилген Масийх ушын жасаўы шәрт.
16
Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның көз қарасы менен қарамаймыз. Масийхқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз.
17
Солай етип, ким де ким Масийх пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды.
18
Буның ҳәммеси Қудайдан. Қудай Масийх арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды ҳәм адамларды Өзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды.
19
Яғный, Қудай Масийх арқалы дүньяны Өзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳәм усы жарастырыўшы сөзлерди бизлерге берди.
20
Солай етип, бизлер Масийхтың елшилеримиз. Қудайдың Өзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нәсият берип атыр. Масийхтың атынан жалбарынамыз: Қудай менен жарасыңлар!
21
Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масийхқа жүкледи. Масийх пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13