bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Corinthians 6
2 Corinthians 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 7 →
1
Қудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер сизлерден өтиниш етемиз: өзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаң.
2
Себеби Қудай былай дейди: «Мийримим түскен ўақытта сени еситтим, Қутқарылыў күнинде саған жәрдем бердим». Минекей, ҳәзир Қудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳәзир қутқарылыў күни келди!
3
Хызметимизге сөз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нәрседе тосқынлық жасамаймыз.
4
Ал ҳәмме нәрседе Қудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық көрсек те, мүтәжликте ҳәм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық.
5
Және де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз өткиздик, аш қалдық.
6
Солай болса да, бизлер пәк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳәм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық.
7
Ҳақыйқат сөзин айтып, Қудайдың қүдиретин көрсеттик. Оң ҳәм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик.
8
Бизлерди ҳүрмет те етеди, масқаралайды да, бизлерге сөгис те айтады, мақтайды да. Бизлерди өтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз.
9
Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ ҳәммеге белгилимиз. Бизлерди өлген деп есаплайды, бирақ, мине, тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, өлмей атырмыз.
10
Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бәрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ көп адамларды байытамыз. Ҳеш нәрсемиз болмаса да, ҳәмме нәрсеге ийемиз.
11
Ҳәй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сөйлеп, жүрегимизди кең аштық.
12
Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден өз мийримиңизди аядыңыз.
13
Сизлерге балаларыма сөйлегендей, сөйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.
14
Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?
15
Масийх пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин?
16
Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан». «Мен олардың Қудайы боламан, Олар Мениң халқым болады».
17
Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди: «Олардың арасынан шығып, бөлеклениң. Ҳарам нәрсеге қол тийгизбең, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен».
18
Және де, Қүдирети күшли Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сизлерге Әке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар».
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13