bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Amos 3
Amos 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 4 →
1
Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сөзлерине қулақ салың. Ол сизлерге, Мысырдан Өзи алып шыққан барлық урыўыңызға қарсы былай дейди:
2
«Жер жүзиндеги барлық халықлар арасынан, Тек ғана сизлерди таңлап алдым, Сонлықтан сизлерди ҳәмме жынаятларыңыз ушын жазалайман».
3
Өз ара келисип алмай турып, еки адам бирге жолға шыға ма?
4
Олжасы болмаса, тоғайда арыслан ақыра ма? Услаған ҳеш нәрсеси болмаса, жыртқыш арыслан ининен даўыс шығара ма?
5
Жердеги дузаққа жем қойылмаса, Дузаққа қус түсе ме? Дузаққа ҳеш нәрсе түспесе, Дузақтың жиби тартыла ма?
6
Қалада қәўипли жағдай себепли кәрнай шалынса, Халықты қорқыныш баспай ма? Жаратқан Ийе жибермесе, Қалаға апат келе ме?
7
Шынында, қулы пайғамбарларға Өз жобасын ашпай турып, Қудай Ийе ҳеш нәрсе қылмайды.
8
Арыслан ақырғанда, ким қорқпайды? Қудай Ийе сөйлегенде, Ким пайғамбаршылық қылмайды?
9
Ашдод сарайларында жәриялаң, Мысыр сарайларында да былай деп жәриялаң: «Самария таўларында жыйналың, Қаланың ишиндеги уллы тәртипсизликлерди, Ондағы езиўшиликлерди көриң.
10
Олар әдалатлықты қалай ислеўди билмейди, – дейди Жаратқан Ийе, – Қорған қалаларында зулымлық ҳәм зорлық жыйнайды».
11
Соның ушын, Қудай Ийе былай дейди: «Душпан қоршап алмақта жериңди, Күш-қуўаттан айырып сени, Қорған қалаларыңды талан-тараж қылады».
12
Жаратқан Ийе былай дейди: «Бир шопан арысланның аўзынан қойдың еки туяғын, Ямаса қулағының бир бөлегин алып қалғанындай, Самарияда жасап атырған израиллылар да, Төсегиниң бир шети ҳәм жуқа көрпеси менен ғана аман қалады.
13
Қулақ салың ҳәм Яқыптың урпақларын ескертиң!» Қудай Ийе, Әлемниң Қудайы былай дейди:
14
«Жынаятлары себепли Мен Израилды жазалаған күни, Бейт-Элдиң қурбанлық орынларын жоқ қыламан, Кесилип жерге түседи қурбанлық орынның шақлары.
15
Қысқы ҳәм жазғы сарайларды бузып таслайман, Пил сүйеги менен безелген сарайлар ўайран қылынады, Көп үйлер жоқ болады», – дейди Жаратқан Ийе.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9