bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Amos 4
Amos 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 5 →
1
Ҳәй, Самария таўындағы семиз сыйырлардай болған ҳаяллар, Қулақ салың мына сөзлерге: Кәмбағалларды езесиз, Жарлыларға жәбир бересиз, Күйеўлериңизге: «Ишимлик алып келиң, ишемиз», – дейсиз.
2
Қудай Ийе Өз мухаддеслиги ҳақы ант ишип, былай дейди: «Мине, сизлерди шанышқы менен илдирип, Қалғанларыңызды балықтай қармақ пенен сүйреп кететуғын күнлер келеди.
3
Ҳәр бириңиз бузылған дийўал жарықларынан алып өтилип, Ҳармонға ылақтырыласыз», – дейди Жаратқан Ийе.
4
«Бейт-Элге барып, гүна ислей бериң, Гилгалға кетип, гүнаңызды көбейтиң! Азанда қурбанлықларыңызды усының, Ҳәр үш күннен оннан бириңизди алып келиң.
5
Ашытқы салынған шөректи миннетдаршылық садақасы етип жандырың, Ықтыярлы садақаларыңызды ҳәммеге жәрия қылың. Себеби усындай қылыўды хош көресиз, ҳәй Израил халқы», – дейди Қудай Ийе.
6
«Соның ушын, барлық қалаларыңызға ашлық жибердим, Жасап атырған ҳәр бир жериңизде нанға зар қылдым, Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
7
«Жыйын-теримге үш ай қалғанда, Мен сизлерге жаўын жаўдырмай қойдым. Бир қалаға жаўын жаўдырдым, Екиншисине жаўдырмадым. Бир атызға жаўын жаўды, Басқасы жаўын жаўмағанлықтан қуўрап қалды.
8
Еки-үш қаланың халқы суў ишиў ушын, Басқа бир қалаға сүйретилип барса да, Олардың шөли қанбады. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
9
«Қайта-қайта егисликлериңизди қуўратып, оларға кеселлик жиберип жазаладым, Шегирткелер бағларыңызды, жүзимзарларыңызды, Және де, әнжир ҳәм зәйтүнлериңизди жеди. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
10
«Мысырда ислегеним сыяқлы, Араңызға иллет жибердим, Жигитлериңизди қылыш жүзинен өткердим, Атларыңызды душпанларыңызға бердим, Ордаңыздағы өлилердиң ийисине мурныңызды толтырдым. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
11
«Қудайыңыз болған Мен Содом ҳәм Гомораны қыйратқанымдай, Сизлердиң айырымларыңызды қыйраттым, Сизлер от ишинен шығарып алынған шала жанған ағаштай болдыңыз. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
12
«Сонлықтан Израил, сени жазалайман, Шынында, саған Мен усыны ислеймен, Қудайыңның ҳүкимине таярлан, ҳәй Израил!»
13
Өйткени таўларды қәлиплестирип, самалды жаратқан, Ой-пикирлерин адамзатқа ашып берген, Таң нурын қараңғылыққа айландырған Ол, Дүньяның ең бийик жерлерин басып жүр, Оның аты Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайыдур.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9