bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Nehemiah 10
Nehemiah 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 11 →
1
Миннетлемеге мөр басқанлар мыналар еди: Хахалия улы ҳәким Нехемия ҳәм Седекия.
2
Руўханийлер: Серая, Азария, Еремия,
3
Пашхур, Амария, Малкия,
4
Хаттуш, Шебания, Маллух,
5
Харим, Меремот, Обадия,
6
Даниел, Гиннетон, Барух,
7
Мешуллам, Абия, Миямин,
8
Маазия, Билгай, Шемая.
9
Лебийлилер: Азания улы Ешуа, Хенадад урпақларынан Биннуй, Қадмиел,
10
олардың туўысқанлары: Шебания, Ҳодия, Келита, Пелая, Ханан,
11
Миха, Рехоб, Хашабия,
12
Заккур, Шеребия, Шебания,
13
Ҳодия, Баний, Бенину.
14
Халық басшылары: Парош, Пахат-Моаб, Элам, Затту, Баний,
15
Бунний, Азгад, Бебай,
16
Адония, Бигўай, Адин,
17
Атер, Хизкия, Аззур,
18
Ҳодия, Хашум, Бетсай,
19
Хариф, Анатот, Небай,
20
Магпиаш, Мешуллам, Хезир,
21
Мешезабел, Садоқ, Яддуа,
22
Пелатия, Ханан, Аная,
23
Ҳошеа, Ханания, Хашшуб,
24
Ҳаллохеш, Пилха, Шобек,
25
Рехум, Хашабна, Маасея,
26
Ахия, Ханан, Анан,
27
Маллух, Харим, Баана.
28
Қалған халықтың ҳәммеси: руўханийлер, лебийлилер, дәрўаза қараўыллары менен Ибадатхана хызметшилери, қосықшылар, Қудайдың Нызамына муўапық басқа халықлардан бөлекленген ҳәр бир адам ҳаяллары ҳәм оқылғанды түсине алатуғын ул-қызлары менен бирге
29
өз туўысқанларына, яғный ақсүйеклерге қосылып былай деп ант ишти: «Бизлер Қудайдың Өз қулы Муўса арқалы берген Нызамы бойынша жасаймыз, Ийемиз болған Жаратқан Ийениң барлық буйрықларына, нызам ҳәм қағыйдаларына толық бойсынамыз. Ал бойсынбағанларға нәлет жаўсын!
30
Әтирапымыздағы халықлар менен қыз алып, қыз бериспеймиз.
31
Егер әтираптағы халықлар Шаббат күни қандай да бир затын ямаса бийдайын сатыў ушын алып келсе, олардан Шаббат күни ямаса қандай да бир мухаддес күнде зат сатып алмаймыз. Ҳәр жети жылдың жетинши жылында бир рет жерди сүрмеймиз ҳәм қарызларымыздан кешемиз.
32
Қудайымыздың Үйиндеги хызмет ушын жылына шекелдиң үштен бирин бериў миннетлемесин өзимизге аламыз.
33
Бул ақша усынылған нанлар, күнделикли ғәлле садақалары, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықлар, Шаббат күни, Жаңа ай байрамлары, белгиленген байрамлар, мухаддес садақалар, Израил урпақларын пәклеў ушын берилетуғын гүна қурбанлықлары ҳәм Қудайымыздың Үйиндеги басқа ислер ушын жумсалады.
34
Бизлер – руўханийлер, лебийлилер ҳәм халық биргеликте шек таслаймыз. Ол арқалы Нызамда жазылғанына муўапық, Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жағылатуғын отынды ҳәр жылы белгиленген ўақытта Қудайымыздың Үйине қайсы әўладтың алып келетуғынын белгилеп аламыз.
35
Ҳәр жылы егинимиздиң ҳәм ҳәр бир мийўе ағашымыздың биринши өнимин Жаратқан Ийениң Үйине алып келемиз.
36
Нызамда жазылғанындай, туңғыш улларымызды, малларымыздың биринши төллерин, сондай-ақ ири ҳәм майда малларымыздың биринши төллерин Қудайымыздың Үйине, сол жерде хызмет етип атырған руўханийлерге алып келемиз.
37
Және қамырдың биринши зуўаласынан жабылған нанымызды, басқа өнимлеримизден берилетуғын садақалардың, барлық мийўе ағашларымыздың мийўелериниң, шараптың ҳәм зәйтүн майының дәслепки өнимлерин Қудайымыздың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге қосыў ушын руўханийлерге беремиз. Ал жеримизден өнген өнимнен берилетуғын оннан бирин лебийлилерге беремиз. Себеби дийханшылық пенен шуғылланатуғын ҳәмме қалалардан алынатуғын оннан бирди лебийлилер жыйнайды.
38
Лебийлилер оннан бирин жыйнап атырғанда, Харон урпағынан болған бир руўханий олардың қасында болады. Лебийлилер өзлери жыйнаған оннан бирден оннан бирин Қудайдың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге береди.
39
Израил халқы ҳәм лебийлилер бийдайдан, жаңа шараптан, зәйтүн майынан берилетуғын садақаларды сол затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келеди. Ол жерде Мухаддесхана буйымлары сақланады. Сондай-ақ руўханийлер, дәрўаза қараўыллары ҳәм қосықшылар хызмет ўақтында сол жерде болады. Бизлер Қудайымыздың Үйин қараўсыз қалдырмаймыз».
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13